Essays.club - Получите бесплатные рефераты, курсовые работы и научные статьи
Поиск

Қарақалпақлардың тарийхы бойынша

Автор:   •  Апрель 7, 2023  •  Реферат  •  1,499 Слов (6 Страниц)  •  167 Просмотры

Страница 1 из 6

Қарақалпақлардың тарийхы бойынша:

Қарақалпақлар Шығыстың белгили ҳалықларынан болып, олардың келип шығысы оғада узак, ҳәтте ерте дәўирлерден баслап Арал бойларын жайлаған Сак, Массагет қәўимлери менен тутасады.

Сак ҳәм Массагетлер Арал бойы батпақлықларының турғын қәўимлери сыпатында бизиң эрамыздан бурынғы VII-II әсир мәдениятларында терең из қалдырған.

Әмиўдәрьяның төменинде Арал теңизиниң қубласында VII-ХIII әсирлерде Хорезм мәмлекетинен ғәрезсиз дәслеп печенеглер аўқамы, кейин Кердер деп аталған мәмлекет өмир сүрди. Қарақалпақлар усы әсирлерде халық болып қәлиплести ҳәм усы жерде дәслеп печенеглер, кейин (X-XI әсирлерде) қарақалпақлар деген атқа ийе болды[1].

Қарақалпақстанның әййемги Хорезм менен жақыннан қатнаста болыўы, оның мәдениятына да әдеўир тәсир тийгизген. Хорезм ҳалықлары VI-VIII әсирлерден баслап-ақ Арал жағаларындағы «батпақлықтағы қалалар» турғынлары менен мәдений қатнасықлары Әмиўдәрьяның аяғындағы «Күйик қала», «Төкқала» қусаған археологиялық естеликлерде де көринеди.[2]

XI-XIV әсирдеги қарақалпақлар тарийхы Дон ҳәм Урал бойлары менен байланысады. Хәтте ири халықлардың өзлери де Батыс Сибирь ҳәм Урал жағаларында көшип қонып жүрген.

Буннан тысқары булардың барлығы да өз ўатанласларын таслап кетпеген. Себеби, усы дәўирдин өзинде де XII-XIV әсирлерде  қарақалпақлардың айырымлары Шымбай ҳәм Дәўқара бойларында көринсе, XIII әсирден баслап Хорезмниң Алтын Ордаға қосылыўына байланыслы Едил бойы қарақалпақлардың Хорезм ҳәм Түркстанға көшип өткенлиги де байқалады. Соның ушын да қарақалпақлардың ерте дәўирден баслап XII әсирге шекемги Хорезм тарийхында тутқан орнын былай қойғанда, олардың бул үлкедеги XIV-XVI әсирдеги тарийхта тутқан орны да аз емес.

Сонлықтан да профессор С.П.Толстов «Қарақалпақлардың халық болып  қәлиплесиўиндеги ең әҳмийетли жағдай IX-XI әсирдеги печенег бирлеспесиниң дүзилиўи болып есапланады»[3]- деп жазған еди. «Черные клобуки» (қарақалпақлар), Торк ҳәм Берендей деген атлар менен көрине баслайды. Олар Россияда түрк тилин тарқатыўға үлес қосады. Себеби: «Түрки тилин ең дәслеп IX әсирдиң ақырында печенеглер алып келген».[4] «Печенег» термини Батыс Европа, Византия хроникаларында кең қолланғанда, ал шығыс авторлары мийнетлеринде оғада аз ушырайды. Махмуд Қашқарий өзиниң «түрк сөзлер топламы»нда «бачене» деп тилге  алынады. Венгриялы илимпаз Д.П.Европустың сөзине қарағанда: «Печенег» сөзи «қайың адамлар» деген мағананы билдирер екен.[5]

XII әсирге келип Черные клобуки (Қарақалпақлар) ең баслы орынға көтериледи.

Қарақалпақлардың дәстанларында, шежиресинде, олардың Жайық, Едил, Арал ҳәм Қаратеңиз бойларында жасағаны сөз етиледи. Бул әпсаналарда толғаўларда: Жәнибек, Орысбий, Орманбетбий, Майхыбий қусаған адамлардың атлары жийи-жийи гезлеседи. XIV-XVI әсирлерде Қарақалпақлар Ноғайлы аўқамы қурамында болып, өзиниң басқарыў системасына ийе болған.

Қарақалпақ қәўимлериниң Хорезмге қарай массалық көшиўлери негизинен XIV әсирдиң орта гези 1340-жыллардан басланған. Себеби, бул дәўирде Хорезмде толық турақласқан Қоңыратлар Хусайын суўпы-Қоңырат басшылығында Алтын Ордадан ғәрезсиз болган өз мәмлекетин дузеди.

XV әсирдиң ақырында Дешти-қыпшақ саҳра даласында қазақ ханлығы дүзилсе ҳәм XV әсирдиң ақырында XVI әсирдин басында Сырдәрья менен Әмиўдәрьяның орта ағысы бойларында Шейбани басқарған өзбек ханлығы дүзиледи. XV-XVI әсирде қарақалпақ улысы дүзилди.

Қарақалпақлар тарийхында ең белгисиз болып қалған дәўирлердиң бири XVII әсир. Бирақ XVI әсирдиң ақыры, яғный 1598-жылдан баслап қарақалпақлар, өзиниң тутас миллий атағы менен Батыс ҳәм Шығыс дереклеринде де көрине баслайды.

Қарақалпақлар ҳаққында пикирлер сол дәўирлерде жасаған Бухара ҳәм қазақ ханлары хроникаларында әдеўир айтылады. Мәселен, Имамқулы (1611-1642), Субханқулы (1680-1702), ӘзТәўке (1680-1718) ҳәм басқа да патшалар дәўиринен еске алыўы мумкин. Бул дәўирде қарақалпақлар Бухара ҳәм қазақ ханлықларынан ғәрезли болып жасады.

...

Скачать:   txt (22.5 Kb)   pdf (90.6 Kb)   docx (14.9 Kb)  
Продолжить читать еще 5 страниц(ы) »
Доступно только на Essays.club